Ахив иси

Архив дегенде биз ең алды менен көз алдымызға тарийх келеди. Бизге тарийхтан сөзлеўши материяллар тарийхый дереклер сақланатын орын болса бул архивлар болып табылады.

Пуқаралар, жәмийет ҳәм мәмлекет ушын әхимийетли сақланыўы лазым болған арнаўлы үскинеде оқылатуғын хүжжетлер, аудио жазыўлар, видео жазыўлар, киноленталар, фотосуретлер, фотография плёнкалары, сызылмалар, схемалар, карталар, сондай-ақ басқа жазыўлар архив хүжжетлери болып табылады.

Архив хүжжетлериниң пүтин сакланыўын тәминлеў архивлар ҳәмде кәрхана, шөлкемлер баслықлары тиккелей жуўапкер етип белгиленген.

Сондай-ақ, архив искерлигин тәртипке салыўшы хүжжетлер булар Өзбекстан Республикасы «Архив иси хаққында»ғы Нызамы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Архив иси бойынша норматив хүжжетлерди тастыйқлаў ҳаққында»ғы Қарары, Өзбекстан Республикасы «Архив исин жетилистириў ҳаққында»ғы Қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Ўзархив» агентлигиниӊ «Архив хүжжетлерин мәмлекет архивына тапсырыўы лазым болған кәрханалар, мекеме шөлкемлер дизимин дүзиў тәртиби хақкында»ғы Нызамын тастыйқлаў хаққында буйрықларынан ибарат.

Архивларды шөлкемлестириў қайта шөлкемлестириў хәм искерлигин  тамамлаў  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

Архивлар шөлкемлестирилиўи ушын архив хүжжетлерин сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў талапларына жуўап беретин материяллық-техник база яғный имәрат зарүр жыҳазлар, қорғаў үскинелери өртке қарсы үскинелер болыўы лазым. Жасырын архивлар шөлкемлестирилиўине жол қойылмайды.

 

С.Жалғасбаев

Қоңырат районлар аралық

 Экономикалық суды архив

менгериўшиси 

 

Skip to content