Бүгин Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында кеңейтилген аппарат мәжилиси өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Өткерилген мәжилисте қала ҳәм район ҳәкимликлери, министрлик ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен белгиленген тапсырмалардың орынланыўы ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар талқыланды.
Мәжилис күн тәртибинде дәслеп Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар жәрдемге мүтәж шаңарақларға тийисли үй-жайларды шиферлап бериў, зәрүрлерин қайтадан қурыў, сондай-ақ, республикамыздың қубла районларындағы топырақ жолларды қум-щебень араласпалы жолларға айландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды.
Соның менен бирге, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде алып барылыўы тийис қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, олардың бүгинги күндеги барысы бойынша мәселелер қарап шығылды.
Мәжилис күн тәртиби бойынша бир қатар жөнелислер, соның ишинде халықтың жасаў жағдайын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, инвестициялық ҳәм исбилерменлик жойбарлардың иске түсирилиўи, банк жумыслары, экспорт прогнозының орынланыўы, қайта тиклениўши энергия дереклери менен ислесиў ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлар ҳаққында сөз етилди.
Буннан тысқары, мәжилисте барлық басқарыў уйымлары, мәкеме-шөлкемлерге белгилеп берилген ўазыйпалар, соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген Пәрман ҳәм қарарлардағы тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, белгиленген тапсырмаларды орынлаўда жол қойылған қәте-кемшиликлер сынға алынып, өз жумысларына немқурайдылық пенен қараған жуўапкерлер ескертилди.
Мәжилис жуўмағында барлық тараў басшыларына ўазыйпалар белгилеп берилди ҳәм ҳәр бир жөнелис бойынша жумыслардың орынланыўы қадағалаўда екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети