Республикамыздың алыс аймақларын суў менен тәмийинлеў жумыслары Жоқарғы Кеңес Баслығының қадағалаўында

Республикамыздың алыс аймақларында жасаўшы пуқараларды ишимлик суўы менен тәмийинлеў, олардың күнделикли турмысында пайдаланыўы ушын суў жеткерип берилиўин жолға қойыў мақсетинде алып келинген бурғылаўшы техникалар жәрдеминде артезиан қудықларын қазыў жумыслары Тахтакөпир районының алыс Белтаў АПЖ аймағынан басланған еди.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, республика прокуроры Э.Таджиев ҳәм Ишки ислер министри Б.Төребековлар Тахтакөпир районы Белтаў АПЖ аймағында артезиан қудықларын қазыў ҳәм Белтаў пуқараларын суў менен тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумысларды барып көрди.

Ҳәзирги ўақытта аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан үлкен көлемдеги 7 артезиан қудығынан суў шығарыўға ерисилди. Буннан тысқары, және 1 қудықтан тез арада суў шығарылады, тийкарынан шәрўашылық ҳәм аймақ турғынларының қыйтақ жерлерин суў менен тәмийинлеў ҳәм басқа да усы сыяқлы аўыл хожалығы жумыслары ушын пайдаланыў режелестирилген.

Өз нәўбетинде бул жумыслар толық орынланыўы менен аўыл турғынлары суў менен тәмийинленип, ең баслысы, жаңа жерлер ашылыўы нәтийжесинде аўыл халқы ушын жаңа жумыс орынлары да жаратылады ҳәм аймақ турғынларының турмыс абаданлығы жақсыланады.

Атап өтиў орынлы, 167 хожалықта 1000 нан аслам пуқара жасаўшы аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары аймақты жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслардан миннетдар.

Жоқарғы Кеңес Баслығы, буннан соң Дәўқара аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан 32 хожалықта 200 ге шамалас турғынлар жасаўшы Дийқан аўылында болды. Турғынлар менен ушырасып, аўылда шарўа ҳәм басқа да зәрүр мүтәжликлер ушын пайдаланыў мақсетинде қазылып атырған артезиан қудықтан суў шығарыў жумысларын көзден өткерди.

Халық ийгилиги жолында әмелге асырылып атырған бул жумыслар әлбетте өз нәтийжесин берери сөзсиз. Ең баслысы, бул әмеллер халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Skip to content