Ҳәзирги ўақытта елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды жетик, физикалық жақтан шыныққан, озық ойлы, кәмил инсан етип камалға келтириў, Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атыр.
Бүгинги күнде жәмлеспеген жаслар арасында “Мәртлик мектеби” оқыў-жыйыны енгизилген болып, усы тийкарда жасларда Ўатансүйиўшилик сезимлерин еле де арттырыў, оларды кәсипке үйретиў, дене тәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў белгилеп алынған.
Бүгин Арқа-Батыс әскерий округинде шөлкемлестирилген усындай оқыў-жыйыны басланды.
Оқыў-жыйынының ашылыў илажында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жыйналғанларды қутлықлады ҳәм мәмлекетимизде жасларға жаратып берилип атырған имканиятлар ҳәм мүмкиншиликлер ҳаққында атап өтти.
Илажда әскерий күш дүзилмелери тәрепинен әскерий шығыўлар ҳәм концерт бағдарламалары жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети