Район ҳәкиминиң жеке қабыллаўы өткерилди

Бүгин район ҳәкими, 1-сектор баслығы  Б.Мадаминовтың   пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша нәўбеттеги  қабыллаўы өткерилди.

Қабыллаў даўамында районымыздың барлық мәҳәллелеринен келген пуқаралар түрли тараўларға тийисли болған усыныс ҳәм мүрәжатлары менен қатнасты.


Қабыллаў жуўмағында келип түскен мүрәжатларды белгиленген мүддетлерде үйренип шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли жуўапкерлерге қатаң тапсырмалар берилди.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Skip to content