Елимизде инсан қәдир-қымбаты жоқары қәдирият дәрежесине көтерилди. Бәрше мәмлекетлик шөлкемлерде халық пенен ислесиў, пуқаралардың мүрәжат ҳәм машқалаларын үйрениўдиң жаңаша механизми жаратылды. Сектор бсшылары тәрепинен көшпели қабыллаўлар шөлкемлестирилип, пуқаралардың машқалалары тыңланбақта ҳәм оларды сапластырыў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес.
Әйне, усындай көшпели қабыллаўлардың бири бүгин районымыздың шетки аймақларының бири саналған “Рәўшан” аўыл пуқаралар жыйынында болып өтти. Онда районлық 3-сектор баслығы У.Ситмуратов, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы Т.Қазақбаевлар тийисли тараў басшылары менен биргеликте аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлады.
Көшпели қабыллаў даўамында аймақ турғынлары коммунал хызметлердиң сапасын жақсылаў, ишки жолларды реконструкция қылыў, исбилерменлик жумысларын баслаў ушын кредитлер ажыратыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы бир қанша мәселелер бойынша район ҳәкимине мүрәжат етти. Айырым мүрәжатларды сол орынның өзинде сапластырыў илажлары көрилген болса, үйренилиўи ушын ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети