«Әҳмийетли 10 күнлик» илажлары даўам етпекте


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты П.Айтжанов ҳәм  районлық Кеңес 20-санлы Хорезм сайлаў округи депутаты М.Қабуловлар өз сайлаўшылары ҳəм  район турғынлары менен ушырасып, Ҳүрметли Президентимиз тəрепинен қабыл етилген пəрман ҳəм қарарлардың, мəмлекетлик бағдарламалардың турмысымызда тутқан орны ҳəм əҳмийети бойынша үгит-нəсият жумысларын алып барды ҳəмде пуқаралардың мүрəжатларын тыңлап, бағыўшысынан айрылған ҳəм жəрдемге мүтəж шаңарақлардың ҳалынан хабар алды.

 

Skip to content