Көшпели қабыллаў болып өтти

Мәмлекетимизде Инсан қәдири ушын  деген идеяда әмелге асырылып атырған реформалар пуқаралардың турмыс шараятларын жақсылаўға, олардың бүгинги күнинен разы болып жасаўына хызмет етпекте.

Усы мақсетте 1-сектор аймағында жайласқан “Өрнек” АПЖда көшпели қабыллаў болып өтти. Қабыллаўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң улыўма бөлими жетекши қәнийгеси А.Казиев, район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов сондай-ақ мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты.


Қабыллаў даўамында пуқаралар мүрәжаты тийкарында ишки көшелерди ислеў, бәнтлик мәселеси, коммунал хизметлердиң сапасын асырыў сияқлы мәселелер келип түсти.

Сондай-ақ, қабыллаў даўамында мүрәжатлардың басым көпшилиги сол орынның өзинде үнамлы шешимин тапқан болса, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Келип түскен мүрәжат бойынша сол орынның өзинде үйрениў жумыслары алып барылды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content