Инсан қәдири уллы, ол узақ келешектен үмит күтип емес, әйне бүгинги турмысынан разы болып жасаўы керек. Әлбетте, буның ушын ҳәр кимниң өзине сай кәсиби болыўы ҳәм соның арқасында белгили дәрежеде дәраматқа ерисиўи лазым. Аймақларға бириктирилген ҳәким жәрдемшилериниң де ең тийкарғы ўазыйпаларының бири халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бул арқалы пуқаралардың турақлы дәрамат дерегине ерисиў саналады.
“Қоңырат” мәҳәлле баслығы ҳәм ҳәким жәрдемшиси Б.Смамутов пенен биргеликте мәҳәлледе әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша жақыннан танысыў мақсетинде медиа тур шөлкемлестирилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети