Нураныйлар шахмат ҳәм шашка бойынша өз-ара беллести

Нураныйлар ҳәптелиги


Қоңырат районы “Алтынкөл” ППЖ аймағындағы 39-санлы мектепте “Нураныйлар ҳәптелиги” шеңберинде мәдений илаж шөлкемлестирилди. Илажға Қоңырат районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы Е.Турдымуратов, районлық нураный жәмийетшилик кеңеси баслығы А.Нурыллаев ҳәм районымыз нураныйлары қатнасты.

Мәдений илажда нураныйлардың кеўилли дем алыўын шөлкемлестириў мақсетинде концерт бағдарламасы шөлкемлесирилди. Буннан соң нураныйлар  шахмат ҳәм шашка бойынша өз ара беллести. Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content