Мусылман ҳалқының басым кѳпшилиги әзел әзелден исеним менен диний кѳз қарасларды жасаӯ тәрзиниң түрли үрп-әдетлери менен байланыстырып раӯажландырып келген. Мусылман ҳалқы бул ѳмирдиң мәни ҳәм мазмунын үйренип аңлаӯда олардың ең гѳззал әмеллери, парызларымыздың бири болған алдын УМРА сапарына барыӯ миннети мусылманлардың ең уллы әмеллериниң бири. Бул парызды ҳәзирден нийет етиӯдиң ѳзи де мусылманларға уллы әмеллерди орынлаӯда үлкен жол ашатуғынлығына исенеди.
Районымыздан усы айда 9 зияратшы жақсы нийетлер менен жолға атланған быйылғы сапарға атланғанларда зыяратларының қабыл болыӯы жолында уллы ислерди әмелге асырыӯға ҳәрекет етпекте. Бүгин олар сондай пәк ҳүждан менен Қоңырат райондағы жәрдемге мүтәж шаңарақларға сапар алдынан 10 хожалыққа азық-аӯқатлық ѳнимлер берип мүтәж инсанлардың азғана болса да қуӯанышына себеп болды. Саӯаптың үлкен кишиси болмағанындай усындай нийеттеги инсанлар тийкарғысы усындай әмеллерден басланатуғынлығын кѳрсетпекте.