Мәжбүриятты бузған “ҳаял” еркинен айырылды

Пуқара М.Д. 2022-жыл 2-февраль күни, саат 10:30 лар шамасында абысыны Г.Т.ның Қоңырат районы аймағында жайласқан жасаў үйинен баҳасы 2.600.000 сўмлық 1 дана төрт муйешли сырғасын, баҳасы 2.700.000 сўмлық 1 дана “Лалагул” атлы алтын сырғасын ҳәмде баҳасы 800.000 сўмлық 1 дана “Таға” деп аталыўшы кулонларын урлап алған.

Судланыўшы М.Д. 2022-жыл 11-май күни жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды тәрепинен Өзбекстан Республикасы ЖКниң 169-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, 1 (бир) жыл мүддетке азатлықты шеклеў жазасы тайынланған ҳәм 2 (еки) ай мүддет ишинде жәбирлениўши Г.Т.ға келтирилген 6.100.000 сўм зыянлардың қапланбаған 5.300.000 сўмын қаплаў мәжбүряты жүкленген.

2022-жыл 22-август күни жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды тәрепинен судланған М.Д. 5.300.000 сўм зыянларды қапламастан, суд тәрепинен белгиленген мәжбүриятты орынламағанлығы себепли, оған тайынланған азатлықты шеклеў жазасы еркинен айырыў жызысына алмастырылып, суд залынан қамаққа алынды.

 

 

  Е.Бердиев

Жынаят ислери бойынша

Қоңырат районы суды судьясы

Skip to content