Қоңырат районында “Жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў Орайы”нда наўбеттеги оқыў семинар шөлкемлестирилди

Жәмийетте саламат руўхый орталықты қәлиплестириўде шаңарақлардың беккемлигин, татыўлығын тәмийинлеў баслы бағдарлардың бири есапланады. Ҳүрметли Президентимиз жаслар менен өткерген форумда бүгинги күнги шаңарақларымыздағы болып атырған ажырымлар бойынша ўазыйпалар белгилеп берген еди.

2020-жылдын 31-декабриндеги Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 820-санлы “Шаңарақ институтын жәнеде раўажландырыў ҳәм жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша районымыздағы 1-санлы ПХАЖ бөлими жанынан шолкемлестирилген

“Жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў Орайы” наўбеттеги оқыў семинар болып өтти.

Бул орайда ПХАЖ бөлиминде некеден өтиў ушын дизимге алынған жаслардың бир топарына белгиленген оқыў дәстүри тийкарында шаңарақтағы мүнәсибет мәденияты, әдеп-икрамлылық, шаңарақтың тийкарғы негизлери, репродуктив саламатлық, шаңарақ дәраматы ҳәм шаңарақтағы ҳуқықый мүнәсибетлердиң корғалыўы ҳаққында қәнигелер тәрепинен түсиниклер берилди.

Skip to content