Махкума Роза (аты өзгертилген) алдын ЖКниң 97-статьясы
2-бөлими менен 10 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланып, жаза өтеп атырғанынан өзине тийисли жуўмақ шығармастан, 2022-жыл 20-февраль күни, саат 07:30 лар шамасында өзи жаза өтеп атырған
27-санлы мәнзил колониясының ҳаяллар блогының 4-санлы ханасында усы мәнзил колонияда жаза өтеп атырған Халима (аты өзгертилген) менен өз-ара жәнжеллесип, Халиманыӊ басының маңлай бөлимине стакан менен еки мәрте урып, Халимаға қастан дене жарақатын жеткерген.
Суд-мед. экспертизасыныӊ 02.03.2022-жылғы 73-санлы жуўмағында Халимаға ден-саўлығыныӊ қысқа мүддетке, яғный 6 күннен көп, бирақ 21 күннен кем болған мүддетке бузылыўына алып келген, жеӊил дене жарақаты жеткизилгенлиги көрсетилген.
Суд тәрепинен судланыўшы Роза Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 109-статьясы 2-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, оған 6 (алты) ой мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланған.
Жынаят ислери бойынша Қоӊырат
районы судыныӊ кеӊсе меӊгериўшиси
Г.Н.Дошмуратова