Бүгин Қоңырат районы аймағындағы “Локомотив” спорт клубының спорт майданшасында Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими әскерий хызметшилери арасында “Ағла хызметкер” көрик таңлаўының районлық басқышы болып өтти.
Жарысқа районлық АЖБ де шәртнама тийкарында әскерий хызметти өтеп атырған әскерий хызметшилер қатнасты. Жарыста қутқарыўшылар 3 шәрт бойынша жеңис ушын беллести. Жарыс жуўмағында төрешилер тәрепинен жеңимпазлар анықланып, таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламалар берилди.
Т.Сатуллаев
Қоңырат районы АЖБ 10-ӨҚБ баслығы