Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет көрсетиўи керек
Мәмлекетимизде пуқаралар менен жақын байланысты орнатыў, пуқаралардың мүрәжат ҳәм машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыўға, соның менен бирге халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте бүгин 1-санлы кәсип-өнер мектебинде Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм сектор басшыларының белгиленген режеге тийкар гезектеги қабыллаўы болып өтти.
Қабыллаўға сектор басшылары менен биргеликте, тийисли мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты. Қабыллаўды өткериўден тийкарғы мақсет жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў болғанлықтан мийнет ярмаркасыда шөлкемлестирилди.
Қабыллаў даўамында мүрәжатлардың көпшилик бөлеги аймақларды раўажландырыў арқалы халықтың турмыс шараятларын жақсылаўға унамлы тәсир етиўи менен әҳмийетли болған бәнтлик, жол қурылысы, ишимлик суўы, табийий газ бойынша тараўларға тийисли болып, бул машқалаларды имканият дәрежесинде арнаўлы бағдарламаларға дизимге киргизиў арқалы басқышпа-басқыш унамлы шешиў бойынша тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети