Қоңырат районы “Сүўенли” АПЖда Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығына байланыслы хаял-қызлар арасында спорттың шашка-шахмат түринен ҳаял-қызлар белсендиси Н.Нисанбаеваның басламасы менен жарыс шөлкемлестирилди.
Жарыс жуўмағында 1-орынды “Ҳаяллар дәптерин”деги Қ.Бекмаганбетова, 2-орынды 12-санлы мектептиң муғаллими Ж.Мусаева, 3-орынды “Ҳаяллар дәптерин” деги З.Оразбаевалар жеңимпаз болды. Жарыс жуўмағында ҳаял-кызлар белсендиси тәрепинен естелик саўғалар тапсырылды.